Хош хабар!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Саламат турмыс тәрзин кең енгизиў ҳәм ғалабалық жәнеде раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6099-санлы Пәрманында мәҳәллелерде ғалабалық спорт түрлерин раўажландырыў белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги, Футбол ассоциациясы ҳәмде Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы биргеликте 6-март күни киши футбол бойынша 13-14-жаслы мәҳәлле жаслары арасында “Мәҳәлледе футбол лигасы” болып өтти.

Өткерилген жарыс жуўмағында Нөкис районы «Ақмаңғыт» командасы сыйлы 1-орынды жеңип алыўға еристи.

Skip to content