Журтымыз  абатлығы – кеўлимиз абатлығы!

Үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланыўды шөлкемлестирген ҳалда халықтың дәраматларын асырыў ҳәм кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислеў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў арқалы 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамын ҳәм мүбәрек Рамазан айын  көтериңки кейпиятта өткериў мақсетинде усы жылдың 11- март айынан баслап “әҳмийетли бир айлық” жәрияланды.

Усы бир айлық даўамында  “Абат шаңарақ- абат көше-абат мәҳәлле” принципи шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыý жумысларының көлемин және де кеңейтиў мақсетинде Нөкис районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўма миллий бағдарламасы тийкарында шембилик өткерилмекте.

Skip to content