гөззал бәҳәр атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Нөкис районы «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «Beby bum» шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде гөззал бәҳәр атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң қәнигелери ҳәм райондағы билимлендириў шөлкемлериниң басшылары қатнасты. Семинарда шөлкемниң тәрияшылары Жеңисова Албина ҳәм Сарсенбаева Мехибанлар тәрияланыўшыларға бәҳәр мәўсиминде тәбият оянып, ана жер баўырынан сызып шығып атырған мөлдир суў, оянып атырған бағлар, ырысқы-несийбемиз өсип атырған шексиз далаларға қарап жәннет тәризли ел перзенти екенимизден кеўиллеримиз мақтанышқа толатуғынын кишкене балаларға айтып өтти. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта бул орында 25 бала тәрбияланып, олар ушын барлық имканиятлар жаратылған.

Skip to content