гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди

Бүгин Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң жуўапкер хызметкери Э.Юсупов ҳәм районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановлар менен биргеликте «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Мәденият сарайында аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди. Дәслеп район ҳәкими районымыз аймағында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа система тийкарында “Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы арқалы дәраматларын арттырыў илажлары” бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Буннан соң аймақ турғынларының түрли тараўларға байланыслы машқалалары менен бирге пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Skip to content