Қарақалпақстан Республикасы прокурорының биринши орынбасары Е.Қайыпбергенов көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Бүгин, Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының биринши орынбасары Е.Қайыпбергенов ҳәм район прокуроры П.Халмуратов пенен биргеликте көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Онда пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша мүрәжат етти.

Қабыллаўда пуқаралардан медициналық ҳәм материаллық жәрдем, жумысқа орналастырыў, перзентлериниң оқыў контракти пулларын төлеўде жәрдем бериў мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Мүрәжатлар сол орынның өзинде тийисли тараў басшылары менен биргеликте ҳәр тәреплеме үйренилип шығылды ҳәм орынланыўы мүддет талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.

Skip to content