Нөкис районы “Қутанкөл” МПЖда Қутанкөл Мәденият сарайында халық ўәкиллери менен “Өзбекстан – улыўма үйимиз,” “Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!” сүрени астында, сондай-ақ, 13-март жақын туўысқанларымыздың бири болған қазақ баўырларымыздың көрисиў мерекеси мүнәсибети менен мәдений-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Илажда оқыўшы жаслар ҳәм мәҳәлле ўәкиллери тәрепинен туўысқан миллетлердиң нама-қосықлары, аяқ ойынлары, үрп-әдетлерине бағышланған көргизбе ҳәм сахналық көринислер, миллий липаслар, миллий өнерменшилик өнимлери ҳәм миллий тағамлар көргизбелери шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, илажда шығып сөйлегенлер миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын және де беккемлеў, түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, раўажландырыў, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери арасында өз-ара аўызбиршилик, өсип киятырған әўладты Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларға ҳүрмет, түрли миллет ҳәм исеним ўәкиллерине кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў ҳаққында кең түсиниклер берилди.
Илажға Дин ислери бойынша комитеттиң районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Н.Тоимбетов, “Нураный” қоры Ж.Қайпов, ҳаял-қызлар үгит-нәсиятлаў топары С.Узакова, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, мәнаўий көмекшилер Ҳ.Бердиева, С.Ақназаров ҳәм нураныйлар, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Илаж соңында белсене қатнасқанларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.