Бүгин орынларда өткерилип атырған ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни мүнәсибети менен Нөкис районы аймағында илажлар алып барылмақта.
Райондағы «Саманбай» АПЖ аймағында жасаўшы үй бийкесине өмирлик жолдасы тәрепинен руўхый басым өткергенлиги себепли, оған 30 күн мүддетке қорғаныў ордери рәсмийлестирилип, медициналық ҳәмде психологиялық жәрдем көрсетилди.
Сондай-ақ, «Инсан» социаллық орайы хызметкерлери менен биргеликте районлық Емлеўханасында емленип атырған, районда жасаўшы қәўендерликке алынған Н. исимли жас-өспиримниң ҳалынан хабар алынып, жәрдемлер көрсетилди ҳәмде байрам саўғалары тапсырылды.