“Ҳәким кубоги” жарысы шөлкемлестирилди

Нөкис районы 31-санли мектеби имаратында районлық Шаңарақ ҳам ҳаял-қызлар бөлими басламасы менен жәмийетте ҳаял-қызлардың тутқан орнын еле де күшейтиў, гендр теңликти тәмийинлеў, олардың репродуктив саламатлығын беккемлеў, спорттың ғалабалығына ерисиў мақсетинде мәкеме ҳәм кәрханаларда ислеўши ҳаял-қызлар арасында “Ҳәким кубоги” ушын спорттың волейбол түри бойынша жарыс болып өтти.

Ашылыў салтанатына Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң бас қанийгеси Г.Аскарова, районлық Ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары аға инспектор Р.Сарманова районлық Спорт мектеби директоры Б.Жуманиязов, аўыл ҳам мәкан пуқаралар жыйынларынан дүзилген 13 команда қатнасты.

Жарыс жуўмағында 1-орынды “Ақмаңғит” посёлкалық пуқаралар жыйыны командасы, 2-орынды “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны командасы ал, 3-орынды “Дарсан” макан пуқаралар жыйыны аймағындағы ҳаял-қызларынан дүзилген команда қолға киритип, жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм де естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Skip to content