Пүткил елимиз бойлап жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик әйямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы көтериңки руўхта Нөкис районында белгиленип өтилди.
Байрам салтанаты спорт мектебиниң майданында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени тийкарында белгиленип, байрамға район ҳәкими З.Зайтов, нураныйлар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда район ҳәкими байрам кешесине жыйналғанларды жаңарыў ҳәм жасарыў аййямы-Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли нәтийжели жумысларға тоқтап өтти.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен көркем-өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосықлар, миллий тағамлар көргизбеси ҳәм спорт ойынлар жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.
Байрам илажлары районныӊ барлық аймақларында даўам етпекте.