Наўрыз улыўмахалықлық байрамы райондағы барлық аймақларда ҳәм жәмәәтлерде миллий дәстүрлеримиз тийкарында байрамланбақта.
Бүгин, Нөкис районы электр тармақлары кәрханасы мийнет жәмәәти де быйылғы Наўрыз байрамын жақсы нийетлер менен аўызбиршиликте күтип алмақта.Байрамға кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жасы үлкен нураныйлар мирәт етилди.
Миллий қәдириятларымыз нышаны болған байрамда атқарылған салт дәстүрлеримизден үлгилер, ойын заўықлар, миллий кийим ҳәм көргизбелер өзгеше сән берди.