Нөкис районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги «Жас қутқарыўшы» кеўилли клублары ортасында жарыс өткерилди.
Өткерилген жарысқа улыўма билим бериў мектеплери жоқары класс оқыўшылары қатнасты.
Район ҳәкимлиги, ҚР АЖБ басқармаси, районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста 1-орынды 4-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы, 2-орынды 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы, 3-орынды 5-санлы, улиўма орта билим бериў мектеби командалары ийеледи.