Қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте

Елимизде инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамқорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген инсанларға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Джуманазаров тәрепинен улыўма халықлық “Наўрыз” байрамы ҳәм Рамазан айы мүнәсибети менен Нөкис районындағы социаллық қорғаўға мүтәж 40 шаңараққа байрам саўғалары тапсырылды.

Бул қайырқомлық илаж Рамазан айының пазыйлетинен нәтийжели пайдаланыў, мүтәжлерге жәрдем бериў ҳәм оларды қуўандырыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Skip to content