13-16-март аралығы күнлери хаял-қызлар ҳәм жас өспирим қызлар арасында спорттың Самбо гүреси ҳәм жаўынгер самбо бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионаты Ферғана ўәлаятында болып өтти.
Усы жарыста Нөкис районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары сыйлы орынларды ийеледи. Атап айтқанда, Максетбаев Гамзат 1-орынды, Балтанова Шахноза 1-орынды, Дарменбаева Клара 2-орынды, Елмуратова Индира 2-орынды ҳәм Қалилаева Асемай 3-орынды жеңип алыўға еристи.
1-орынды жеңип алыўға ерискен Максетбаев Гамзат ҳәм Балтанова Шахнозалар жақын арада болып өтетуғын Жәҳән ҳәмде Азия чемпионатларына жоллама алды.