«Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!»

Бүгин, Нөкис районы политехникумында “Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени тийкарында байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда сөзге шыққанлар социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлерара татыўлықты беккемлеў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, жәмийетимизде халқымыз, әсиресе жасларымыз арасында кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин күшейтиў ҳаққында мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, илаж даўамында политехникум жәмәәти тәрепинен миллетлерара татыўлық, көп миллетли үлкен бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў, жас әўладты Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға байланыслы сахналық көринислер ҳәмде қосықлар атқарылды.

Илаж жуўмағында белсене қатнасқан оқыўшы ҳәм муғаллимлерге район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлықлар ҳәмде саўғалар тапсырылды.

Skip to content