Ҳаял-қәдириятлар даўамшысы» таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Бүгин Нөкис районы Балалар музика ҳәм көрем-өнер мектебинде мәҳәллелердеги белсенди ҳаял-қызлар, нураный аналар ҳәм өрнекли ҳаяллар арасында «Ҳаял-қәдириятлар даўамшысы» таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети, миллий қәдириятларымызды әўладларға жеткериўде ҳаял-қызлардың ролин арттырыў, реформалардың мазмун-мәнисин түсиндириў, инсанларда шүкиршилик кейпиятын күшейтиў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, халықтың, әсиресе, ҳаял-қызлардың мәнаўиятын арттырыў болып табылады.

Бул таңлаўда қатнасыўшылар миллий қәдириятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди үгит-нәсиятлаў, шаңарақлық тәрбия ҳәм мәнаўиятты беккемлеў бағдарында өз шеберликлерин көрсетти.

Skip to content