Қабыл қылынған “Ѳзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Конституциялық нызам жойбарына кѳре әмелдеги Конституцияға 27 жаңа статья киритилмекте. Статьялар саны 128 ден 155 ке аспақта, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды. Жаңаланып атырған конституциямызда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети” деген норма белгиленбекте. Усы мақсетке ерисиў ушын инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери қол қатылмаслығы, мәмлекет органлары тәрепинен ҳуқықый тәсир шаралары мутоносиблик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутуылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги белгиленбекте. Сондай-ақ Конституциямызда өлим жазасы қадаған етилмекте, шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги белгиленбекте, адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте. Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институти жәнеде кеңейтирилди- биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте, Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақлы екенлиги белгиленбекте, ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шартнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық органларга, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәжат етиў ҳуқықы беккемленбекте, ҳәр ким мәмлекет органларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте, шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленбекте, айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса еркинен айырыў жазасын өтеп атырған пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте, гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емеслиги беккемленбекте. Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гуўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте, егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы
ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте, шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте.
Жуўмақлап айтқанда бундай ѳзгерислер арқалы кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары натийжелери конституция дәрежесинде беккемленеди.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик
судының судья жәрдемшиси: А.Кенесбаева




