Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барылмақта

Нөкис районында үйрениў жумыслары алып барылды. Бунда, Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев район аймағында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы Зухра Реймованы Нөкис районына жуўапкер етип бекиткен еди.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2022-жыл 30-сентябрь күнги 25-санлы протоколыныӊ орынланыўын қадағалаў мақсетинде “Ақтерек” мәкан пуқаралар жыйындағы 29-санлы мектептиӊ спорт залы ҳәм аймақты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын жаӊадан қурылған насос станциясыныӊ қурылыс жумыслары жуўмақланғанлығын көрди.

Буннан соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2023-жыл 01-11-санлы протоколыныӊ орынланыўы менен танысыў мақсетинде “Шаӊарақ исбилерменликти раўажландырыў” бойынша  “Бақаншақлы” ҳәм “Ақмаӊғыт” ППЖ ҳәким жәрдемшилери тәрепинен шөлкемлестирилген “Моно орайы”да болды.

Соныӊ менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2023-жыл 14-апрель күнги 01-73-санлы протоколыныӊ орынланыўын қадағалаў мақсетинде райондағы ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын Азия раўажландырыў банки қоры есабынан,  Нөкис районы аймағына жәми 153 км ишимлик суў тармақларын тартыў ҳәм 4 дана суў имәрати реконструкция жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде Азербайжан Республикасының қурылыс кәрханасы тәрепинен қурылыс жумысларын баслап атырған қурылысшылар менен сәўбетлести.

 

 

Skip to content