16-май күн Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары арасында Өзбекстан Республикалық басқышы болып өтти. Бул таӊлаўда Нөкис районы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшысы Улбоған Юсупова сыйлы 2-орынды жеӊип алғанлығы ҳаққында хабар берген едик.
Бүгин, Улбоған Юсупованы Нөкис қаласы Темир жол вокзалында салтанаты түрде күтип алынды. Күтип алыў мәресимине Республикалық руўхый ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тойымбетов, 4-санлы мектеп директоры М.Сарыбаев, мектеп жәмәәти, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, шайыр Р.Отарбаев ҳәм шаӊарақ ағзалары қатнасты.