“Жасыл мәкан” акциясы болып өтти

Нөкис районы “Үлгили мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында “Жаӊа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!” сүрени астында нәл егиў жумыслары алып барылды.

Бул иләжға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги  ҳәм Қарақалпақ жол көкелемзарластырыў унитар кәрханасы хызметкерлери қатнасты.

Жойбар шеңберинде 2 гектар майданға ҳәр түрли мыӊнан зыят нәллер отырғызылды.

 

Skip to content