21-октябрь θзбек тили байрамы күни

Бүгин, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында 21-октябрь «Өзбек тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен «θзбек тили – миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиз тымсалы» сүрени астында байрам илажы болып өтти.

Салтанатлы байрам кешесинде, район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Моятдинов, Әдиллик бөлими баслығы Х.Нурымбетовлар сөзге шығып, жыйналғанларды бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәзирги күнде мәмлекетлик тил турмысымыздың барлық тараўларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўларында кең қолланылыўы ҳәм оның дүнья жәмийетинде тутқан орны ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, байрам илажы районлық Мәденият бөлими ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажда бир қатар билимлендириў тараўы хызметкерлерине саўғалар тапсырылды.

Skip to content