Бул тайпадағы жынаятлар Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 113-статьясында белгилеп қойылған болып, жынаяттың объекти шахстың ден саўлығы яки өмири болып табылады. Жынаяткодексиниң 113-статьясы 1-бөлиминде билетура басқа шахсты АИЖС кеселлигин жуқтырыў қәўпи астында қалдырғанлығы ушын жуўапкершилик көзде тутылған. Объектив тәрептен Жынаят кодекси 113-статьясы 1-бөлиминде көзде тутылған ҳәрекетлерде, яғный биле тура басқа шахсты АИЖС кеселлигин жуқтырыў қәўпи астында қалдырыўда көринеди.
Биле тура шахсты АИЖС кеселлигин жуқтырыў қәўипи астында қалдырыў өзинде АИЖС кеселлиги барлығын билген шахс тәрепинен жәбирлениўшиниң сондай кеселликке шалыныўы мүмкин болған ҳәр түрли ҳәрекетлер ислеўинен ибарат болады.
Жуқтырыў қәўипи астында қалдырыў айыпкер тәрепинен жәбирлениўшиге тийисли шараятларда кеселликти жуқтырыў мүмкин болған сондай ҳәрекетлер ислениўин көзде тутады, бунда кеселлик тек күтилмеген жағдайлар яки жәбирлениўши өзине жуқтырмаў ушын көрген шаралар себепли ғана жуқпаўы мүмкин. Биле тура дегенде айыпкердиң өзинде кеселлик бар екенлигин билген ҳалда жәбирлениўшини кеселликти жуқтырыў қәўпи астында қалдырыўы түсиниледи.Лекин олар жынаяттың квалификациясына тәсир көрсетпейди.
Жәбирлениўши өзин АИЖС кеселлигин жуқтырыў қәўипи астында ықтыярлы түрде қалдырыўы өзинде кеселлик барлығын билген ҳәм жәбирлениўшини кеселликти жуқтырыў қәўипи астында қалдырған яки оған жуқтырған шахсты жынайый жуўапкерликтен азат етиў ушын тийкар бола алмайды.
Жынаят кодекси 113-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят жәбирлениўши кеселликти жуқтырыў қәўипи астында қалдырылған пайыттан баслап тамам болған деп табылады, егер жәбирлениўшиге кеселлик жуқса, онда айыпкердиң қылмысы Жынаят кодекси 113-статьясы 2-бөлими менен квалификацияланыўы зәрүр.
Субъектив тәрептен жынаят тек ғана туўры қаслық пенен, яғный биле тура исленеди.
Жынаят кодексиниң 113-статьясы 5-бөлимнен ибарат болып, онда үш жыл мүддетке шекемги еркинен айырыў жазасынан басланып, бес жыл мүддетке шекемги еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкинлиги белгилеп қойылған.
Жуўмақластырып айтқанда, пуқаралар, әсиресе жаслар менен тығыз байланыста болып биргеликте бул жынаяттың алдын алыў бойынша жумыслар алып барылыўы кереклигин, жынаят ислеген шахс тек ғана өзине емес, шаңарағына ҳәм жәмийетке де өз зыянын тийгизетуғынын, ата-аналар тәрепинен перзентлери кадағаланыў кереклигин атап өтпекшимен.
Жынаятислери бойынша
Нөкис районы суды баслығы
А.Сейтанов Азат Исмайлович