“Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў – дәўир талабы”

2023-жыл 28-ноябрь күни Нөкис районы “Ақманғыт” ППЖ, “Төктаў” МПЖ, “Бақаншақлы” АПЖ ҳәм “Қырантаў” АПЖ турғынлары менен “Биз жат идеялар, информациялық қәўиплер ҳәм идеологиялық қәўиплерге қарсы гүресемиз”, “Имам Бухарый мийрасы- жат идеяларға қарсы” ҳәм де “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў – дәўир талабы” темаларында үгит-нәсият илажлары өткерилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы “Имом Бухорий” халықаралық илимий-изертлеў орайы илимий хызметкерлери А.Мамадалиев, Б.Махмудов, Ш.Умаровлар, Өзбекстан Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Н.Жамалов, Нөкис районы ҳәкими орынбасары Қ.Моятдиновлар ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Илажда елимиздеги диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған реформалар, Ислам дининиң тынышлық, жақсылық, ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик идеялары мазмун-мәниси, бүгинги глобалласқан заманда халықтың әсиресе жаслардың жат идеялар, радикал, экстремистлик ағымлар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў, Ўатанға болған меҳир-муҳаббат, мәмлекет тағдирине жуўапкершилик сезими, интернет ҳәм мәлимлеме байланыс қурылмаларынан туўры пайдаланыў мәденияты бойынша актуал мәселелер атап өтилди.

Skip to content