⚡️Бүгин райондағы «Руўхый-ағартыўшылық сарайы»нда 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 31 жыллық байрам салтанаты кең түрде белгиленип өтилди. Байрам салтанатына райондағы сектор баслықлары, мəкеме кəрхана басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўəкиллери қатнасты. Онда Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм район прокуроры П.Халмуратовлар сөзге шығып, жаңаланған Конституцияның әҳмийетли тәреплери ҳәм нормаларына тоқтап өтип, бәрше қатнасыўшыларды байрам сәнеси менен қызғын қутлықлады. Ҳакыйқатынанда Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийетиниң институтлары қәлиплести. Булардың барлығы, бәринен бурын Бас нызамымыздың ҳақыйқый турмыслық күш күдретиниң нәтийжеси, және бир әҳмийетли мәселе-Конституция ҳәм нызам үстинлиги және нызамлылық принциплериниң сөзсиз тәмийинлениўи инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың әҳмийетли кепиллиги екенлигин мақтаныш пенен тилге алды. Байрам иләжы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.