Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетпис сегизинши сессиясы болып өтти.

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис сегизинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде алты  мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.

Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов кирис сөз бенен ашып,  2023-2024-жыллардың Қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў илажлары бойынша район аймағында исленип атырған жумыслар барысы ҳаққында тоқтап өтти.

Биринши мәселе Гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм кейинги режелер, сондай-ақ, көп-қабатлы үйлерде алып барылып атырған жумыслары ҳаққында Нөкис районы ҳәкиминиң коммуникациялар,  коммунал хожалығы,  экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, Нөкис районы Гүз-қыс мәўсими штабы баслығы Ж.Пиреновтың есабаты тыӊланды. Екинши Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими тәрепинен 2023-жыл январь-декабрь айлары даўамында социаллық жәрдемге мүтәж жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылған жумыслары ҳаққында Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими баслығы А.Моятдиновтың баянаты тыӊланды. Үшинши мәселе “Нукустумангаз” Нөкис районы филиалы тәрепинен алып барылған жумысларының есабаты ҳаққында “Нукустумангаз” Нөкис районы филиалы баслығы Қ.Джалекеев баянат берди. Төртинши мәселе Нөкис районы электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен 2023-жыл январь-декабрь айлары даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы электр тәмийнаты кәрханасы баслығы Д.Ешниязовтың есабаты тыңланды. Бесинши мәселе Нөкис районы суў тәмийнаты бөлими тәрепинен 2023-жыл январь-декабрь айлары даўамында алып барылған жумыслары бойынша Нөкис районы суў тәмийнаты бөлими баслығы Р.Медетовтың есабаты тыңланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content