Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Онда район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме билимли, зийрек ҳәм бахытлы болып камал табыўлары ушын жаратылған имканиятлардан мақсетли пайдаланыў кереклигин атап өтти.
Ушырасыў барысында жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың машқалаларын унамлы шешиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги тәрепинен төмендеги жәрдем түрлери көрсетилди.
-Жоқары оқыў орынларында оқыйтуғын 54 жастыӊ контракт пулларыныӊ 50%ға шекемги муғдары төлеп берилди.
-4 жастыӊ келешек кәсиплери шеӊберинде оқыў курслары қәрежетлери төлеп берилди.
-25 жасқа исбилерменлик ҳәрекетин баслаў, өзин-өзи бәнт етиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў мақсетинде субсидия тийкарында пул ажыратылды.
-3 жастыӊ денсаўлығын тиклеўи ушын материаллық жәрдем қаржылары ажыратылды.
-4 жасқа автомобиль басқарыў гүўалықларын алыў ушын оқыў курс пуллары төлеп берилди.
-4 жасқа илим-пән жөнелисинде окыў курсы пуллары төлеп берилди.
-1 жасқа бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилип ваучерлер тарқатылды.