Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң сексенинши сессиясы болып өтти

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексенинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районы сектор баслықлары тәрепинен аймақты комплекс социал-економикалық раўажландырыў тараўында 2023-жыл даўамында алып барылып атырған жумысларының есабаты ҳәм 2024-жылдыӊ жол картасын тастыйықлаў бойынша сектор басшыларыныӊ есабатлары, соныӊ менен бирге район прокурорыныӊ нызамшылық жағдайы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳаққында кеӊ түрде мағлыўмат берди. Екинши мәселе районлық Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша Әдиллик бөлими баслығы Ҳ.Нурымбетовтыӊ мәлимлемеси тыӊланды. Үшинши мәселе районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары М.Рахматуллаевтыӊ есабаты тыӊланды. Төртинши мәселе районлық медицина бирлеспеси тәрепинен 2023-жыл даўамында халыққа медициналық хызмет көрсетиў тараўында әмелге асырылған жумыслары бойынша  районлық медицина бирлеспеси баслығы ў.ў.а С.Жақсымов есабаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.  

Skip to content