Нөкис районы кәсип-өнер мектебинде “Жаңа турмыс ушын, Жаңа θзбекстан ушын!” сүрени тийкарында θзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң дүзилгенлигине 32 жыл толыў мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» атамасында руўхый-ағартыўшылық, мәдений-музикалық илажы болып өтти.
Илажға район ҳәкиминиӊ орынбасары Қ.Моятдинов, район бас имам хатиби А.Салимов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районы бөлими баслығы Н.Тоимбетовлар қатнасты.
Баянатшылар өз сөзлеринде 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен жыйналғанларды қызғын қутлықлап, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, сондай-ақ, ўатанды қорғаў, көз-қарашығымыздай асырап-абайлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыпамыз екенлиги ҳаққында сөз етти.
Илаж даўамында өткерилген викторина ойынларына белсенди қатнасқанларға китаплар саўға етилди.
Районлық мәденият бөлими тәрепинен атқарылған йошлы миллий қосықлар жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.
Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ қосымша имараты салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти.




