Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизилди

Президент тәрепинен имзаланған нызам менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам менен ўәлаят суды ҳәм оларға теңлестирилген судта ислер бақлаў тәртибинде көриў басқышы енгизилди. Жумыслар бақлаў тәртибинде Жоқары судтың Ҳәкимшилик суд ислери бойынша судлаӯ комиссиясында ҳәм бөлек жағдайларда Жоқары суд Президиумында көриледи. Жоқары инстанция суды тәрепинен ислерди тазадан көриў ушын биринши инстанция судына жибериў тәртиби бийкар етилди. Соның менен бирге, жерге тийисли ҳуқықый мүнәсәбетлер менен байланыслы ислерди басқарыў суд тәрепинен көриўде прокурор қатнасыўы шәртлиги белгиленди. Исти бақлаў инстанциясы судында көриўде қатнасқан судья сол исти биринши инстанция, аппеляция ямаса кассация инстанциясы судында көриўде, соның менен бирге, исти жоқары турыўшы суд тәрепинен бақлаў тәртибинде қайта көриўде қатнасыўы мүмкин емес. Процессуал мүддетти қайта тиклеў ҳаққындағы ямаса қайта тиклеўди бийкарлаў ҳаққындағы уйғарыӯ үстинен шағым етилиўи (протест келтирилиӯи) мүмкин болады. Шәртлесиў питими аппеляция ямаса кассация, бақлаў инстанцияси суды тәрепинен тастыйықланған тәғдирде, уйғарыӯ шығарылып, жумыс бойынша илгери қабыл етилген барлық суд ҳүжжетлери бул уйғарыӯ менен бийкар етиледи ҳәм жумыс жүргизиў тамамланылады. Кассация шағымы (протести) биринши инстанция судының қарары нызамлы күшке кирген күнден баслап 6 ай ишинде берилиўи мүмкин. Бақлаў тәртибиндеги шағым (протест) исти бақлаў тәртибинде көретуғын Қарақалпақстан Республикасы басқарыў суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала Ҳәкимшилик суды, Әскерий суд атына жибериледи, лекин қарар қабыл еткен судқа бериледи. Қарар қабыл еткен суд шағым (протест) келип түскен күннен баслап 5 күнлик мүддетте оны жумысты бақлаў тәртибинде көретуғын судқа ис пенен бирге жибериўи шәрт. Бақлаў тәртибиндеги шағым (протест) биринши инстанция судының қарары, уйғарыӯы, шешими нызамлы күшке кирген күнден баслап 1 жыл ишинде бериледи.

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов

Skip to content