Ҳуқықбузарлықтыӊ алдын алыў-баслы ўазыйпамыз

Ҳәммемиздиң алдымызда турған әҳмийетли мәселе бул жаслар ортасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыӯ. Себеби, жаслар бизиң келешегимиз. Соннан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан жаслары ортасында түрли иллетлердиң алдын алыӯ, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеӯ мақсетинде салмақлы ислер әмелге асырылмақда.

Сол менен менен бирге, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыӯ, оларды түрли идеологиялық  басымлар ҳәм жат идеялар тәсиринен асыраӯ, бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ, жаслар бәнтлигин тәмийинлеӯ мәселелерин өз ишине алған.

Ҳуқық қорғаӯ органлары, шаңарақ, тәлим шөлкемлери ҳәм кең жәмийетшилик жуӯапкершилигине ер жетпегенлер ҳуқықбузарлығы ҳәм жынаятшылығының алдын алыӯ, аймақларда ер жетпегенлердиң руӯхый, ҳуқықый, этикалық, эстетик, физикалық, мийнет тәрбиясында қатнасыӯ, оларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириӯге көмеклесиӯ, жазаны өтеӯ шөлкемлеринен қайтып келген ер жетпегенлердиң социал-педагогик реабилитация қылыныӯы ҳәм масласыӯына жәрдем бериӯ ӯазыйпалары жүклетилди.

Жуӯмақлап айтқанда, орынларда саламат ҳәм кәмил инсан тәрбиялаӯ,  бос ӯақытларынан үнемли пайдаланыӯы ушын китапханалар шөлкемлестириӯ барысында түрли жәмийетлик ҳәм мәмлекет шөлкемлер ӯәкиллери, мәҳеллелер белсендилери менен биргеликте ис алып барылыўы, келешекте ҳәр тәреплеме билимли, жоқары мәнаӯиятлы жасларымыз мәмлекет ҳәм халықтың турмысы раӯажланыӯы ушын бар күш-ғайратын ҳәм потенциалын аямайды.

Жынаят ислери бойынша

Нөкис район суды баслығы                                                            Азат Исмайлович Сейтанов

Skip to content