Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов 1-санлы қәнигелестирилген мектепте оқыйтуғын оқыўшылардыӊ ата-аналары класс басшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм кәсипке бағдарлаў, тәрбиясы ҳәм оқыўында машқала болған оқыўшылардың ата-аналары ҳәм мәҳәлле белсендилери менен бирге ислеў, китапқумарлықты үйретиў, жақсы минез-қулқлы болыў, кәсип таңлаўда жәрдем көрсетиў бойынша сойлесип алынды.




