Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң сексен биринши сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен биринши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл январь айы даўамында әмелге асырылған жумыслары.бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтыӊ есабаты тыӊланды. Екинши мәселе Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў тараўында алып барылған жумыслары ҳаққында район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Б.Алимбетовтыӊ  мәлимлемеси тыӊланды. Үшинши мәселе Нөкис районында Қурылыс тараўында алып барылған жумысларының есабаты ҳәм райондағы социаллық тараў объектлериндеги мәўсимлик “от-жағар” штат бирликлерин қазанханалар санынан келип шығып қосымша штат бирликлерин ажыратыў ҳаққында районы ҳәкиминиң коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ж.Пиреновтыӊ есабаты тыӊланды. Төртинши мәселе Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде район ҳәкимлигиниң аўысық жер қорындағы бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларын тастыйықлаў ҳаққында районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Заматдиновтыӊ есабаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content