Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды. Мәмлекет ҳәм оның уйымлары, басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралық жәмийет институтлары ҳәм де пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға муўапық жумыс алып барады. Өзбекстан Республикасының Конституциясы тийкарында ҳәм оны орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм басқа нормативлик-ҳукуқый актлери қабыл етиледи. Бирде бир нызам ямаса басқа да нормативлик-ҳуқықый акт Конституцияның принцип ҳәм нормаларына қайшы келиўи мүмкин емес.
Конституцияның туўрыдан-туўры әмел қылыўы – мәмлекетлик органлар, олардың лаўазымлы шахслары, сол қатарда судлар тәрепинен Конституция нормаларын ҳуқықты қоллаў әмелиятында тиккелей қоллаған ҳалда қарарлар қабыл қылыў, пуқаралардың Конституция нормаларынан туўрыдан-туўры пайдаланыўы ҳәм әмел етиўи түсиниледи. Яғный министрликлер, ҳәкимликлер, суд, прокуратура, ишки ислер органлары ҳәм басқа мәмлекетлик органлар, лаўазымлы шахслар бир жағдай ямаса ис жүзесинен Конституцияда белгиленген нормаларды анық көрсеткен ҳалда қарарлар қабыл етеди.
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Судьялар ғәрезсиз болып, тек ғана Конституция ҳәм нызамға бойсынады. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына қандайда бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Судьялар белгили ислер бойынша есап бериўши болмайды. Судьяларға қол қатылмайды. Мәмлекет судьяның ҳәм оның шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлейди.
Суд ҳәкимиятының ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм де пуқаралар ушын миннетли.
Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, егер суд арқалы қорғаўдың басқа барлық қуралларынан пайдаланып болынған болса, судта көрип шығылыўы тамамланған белгили исте суд тәрепинен өзине қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы шағым менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына мүрәжат етиўге ҳақылы.
Халықтың әдил судлаўға ерисиў имкәниятлары “Жаңа Өзбекстан-жаңа суд” принципи шеңберинде, мәмлекетимизде мәмлекет уйымлары ҳәм лаўазымлы шахсларының искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын жүритиў, сондай-ақ пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў, мәмлекетлик уйымлар менен қатнасларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў барысындағы реформалар әмелге асырылыўы менен бир қатарда суд қарарларының нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын тексериў тәртиби жеделлестирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы 889-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабылланды.
Усы нызамға муўапық ислердиң көрилиўи орайластырылыўының алдын алыў, пуқаралардың алыс аймақлардан судқа келип қатнаў әўерегершилигиниң алды алыныўы мақсетинде ўәлаят судлары ҳәм оған теңлестирилген судларда ислер апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көрилиўин, ислер ревизия тәртибинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Судының Ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында ҳәм айрықша жағдайларда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумында көрилиўин, буннан тысқары жоқары инстанция судлары тәрепинен ислерди жаңадан көриў ушын биринши инстанция судына жибериў тәртиби бийкар етилиўи, сондай-ақ жерге тийисли ҳуқықый қатнаслар менен байланыслы ислерди ҳәкимшилик судлар тәрепинен көриўде прокурор қатнасыўы шәртлигин нәзерде тутыўшы өзгертириў ҳәм қосымшалар киритилмекте. Бул нызам пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғаныў кепилликлерин ҳәм әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы
Ҳәкимшилик суды
судья аға жәрдемшиси С.Абдикаримова