Бүгин, 25-апрель күни Нөкис районы ҳәкимлигинде Министрлер Кабинетиниң 52-санлы қарары тийкарында, Нөкис районы аймағындағы мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары бойынша 52-санлы баспасөз конференциясы болып өтти.
Бул баспасөз конференцияға район ҳәкими З.Зайтов, ҳәкимниӊ орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты.
Нөкис районында қарар тийкарында кем тәмийинленген 970 шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў ҳәм 84 шаӊарақтыӊ турақ жайын жаӊадан салып бериў режелестирген.
Усы бағдардағы жумыслардыӊ барысы бойынша журналист ҳәм блогерлердиӊ қызықтырған сораўларына жуўаплер берилди.