Бүгин, Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов, сектор басшылары қатнасында пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды. Қабыллаўда пуқаралар жумыс пенен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, комуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, банк-кредит, ишки жолларды оңлаўға байланыслы мәселелерде мүрәжатлары тыңланды. Олардың көпшилиги унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер басшылар тәрепинен қадағалаўға алынды.
Сектор басшыларының көшпели қабыллаўы өткерилди




