Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен бесинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде еки мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районындағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 2024-жыл апрель айы даўамында әмелге асырылған жумысларының есабаты ҳаққында Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтың мәлимлемеси тыңланды. Екинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-июльдағы “Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы 119-санлы Пәрманының Нөкис районында орынланыўы бойынша Кадастр агентлиги Нөкис районы бөлими баслығы Б.Джумамуратовтың баянаты тыңланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң сексен бесинши сессиясы болып өтти




