Республикамызда кең тармақлы транспорт системасы қәлиплестирилген болып, ол мəмлекет ишинде ҳəм сыртында жүк, жолаўшы тасыўды, жақын ҳəм алыс шет мəмлекетлер менен экономикалық байланысларды тəмийинлейди. Усының менен бирге транспорт қуралларының көбейиўи оларды басқарыў ўақтында қаўипсизлик илажларына əмел қылыўға жəне де жуўапкершилик менен жантасыўды талап етпекте. Транспорт қураллары менен байланыслы ҳалда исленип атырған ҳуқықбузарлықлар анализи айдаўшылар тəрепинен ҳəмме ўақыт қаўипсизлик илажларына əмел етилмей атырғанлығынан дəрек береди. Бул болса жəмийетимизге, анықлаўы, пуқараларымыз турмысы ҳəм денсаўлығына қəўип туўдырыўы анық.
Өзбекстан Республикасы Жинаят кодексиниң 266-статьясы менен қозғатылған жынаят ислериниң анализи жинайий жуўапкершиликке тартылған шахслар тийкарынан мәс, физикалық шаршаған жағдайында (көбирек такси айдаўшылары) ямаса тезликти асырыў нəтийжесинде жынаят ислеп атығанлығын көрсетпекте. Әсиресе, айдаўшылардың транспорт қуралларын ҳəрекет тезлигин нормасынан асырыўы нəтийжесинде көбирек жол транспорт ҳəдийсеси жүз бермекте.
Транспорт қураллары ҳəрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаятының ярымынан көби айыпланыўшылардың руўхый жағдайы нормада болмаған ўақытта əмелге асырылған. Бул жынаят жүз бериўине төмендегилер себеп болып атырғанлығын атап өтиў мүмкин, айдаўшылық тəжрийбеси (əмелияты)ның кемлиги, жасларға тəн болған асығыслық, өзин көрсетиў, өзине исениўшилик, айдаўшылыққа оқытыў процессинде жүзеки билим бериў ҳəм инструктор қадағалаўы астындағы автомобилди басқарыў əмелиятын жүдə кем өтеў оператив жағдай пайда болғанда айдаўшының өзин жоғалтып қойыўына алып келеди. Руўхый талығыў, əсиресе, такси айдаўшыларының дем алмастан (талыққан ҳалда, сегиз сааттан көп ўақыт даўамында) автомобил басқарыўы, мәслик жағдайында, айдаўшылық гүўалығына ийе болмастан транспорт қуралларын басқарыў, техникалық тəрептен насаз транспорт қуралларын басқарыў ҳəм басқалар.
Бүгинги күнде транспорт қураллары ҳəрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаятын путкиллей тамамлаў, олардың жүз бериўине алып келиўши факторларды толық сапластырыў мүмкиншилиги жоқ екенлиги ҳəммеге белгили. Ҳəттеки, ең раўажланған мəмлекетлерде де транспорт қураллары менен байланыслы жынаятлар сапластырылмаған. Бирақ, бул түрдеги жинаятлардың санын кемейтиў, алдын алыў имкәниятлары бар.
Транспорт қураллары ҳəрекети менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў ушын айдаўшылардың да руўхый жағдайына итибар бериў керек.
Жынаят ислери бойынша
Hөкис районы судының баслығы Сейтанов Азат Исмайлович