Усы жылдың 4-май күни Нөкис районы «Ақманғыт» ППЖ имаратының мәжилислер залында жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды, Прокуратура, Ишки ислер бөлими, ППЖ ақсақалы, мәҳәлле белсендилери ҳәмде Пробация есабындағы шахслар қатнасында көшпели суд болып өтти.
Көшпели судты жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм районлық ИИБ баслығыныӊ Пробация есабында дүзетиў иси жазасын өтеп атырған Ю.Утиӊ өтелмей қалған жазасынан мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етиў ҳаққындағы усынысын көрип шықты.
2022-жыл 18-май күни саат 22:00лер шамасында пуқара Ю.У өзиниӊ басқарыўындағы “Нексия” маркалы автомашинасы менен Нөкис қаласы “Төрткүл гүзары” көшесинен ҳәрекетленип келип, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпестен, көше бойында жайласқан “Шах сарай” тойханасы алды тәрепинен өтиўши пиядалар жолынан өтип атырған пияда Нөкис қаласында жасаўшы К.Сды автомашинаныӊ алды тәрепи менен қағып алып жол транспорт ҳәдийсесин садир еткен. Нәтийжеде жәбиркеш К.С алған дене жарақатлары ақыбетинде емлеўханада қайтыс болған. Дәслепки тергеў органы тәрепинен Ю.Утиӊ қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.
Жол транспорт ҳәдийсесин садир еткен пуқара Ю.Утиӊ жынаятлы иси 2022-жыл 24-август күни әдил суд тәрепинен көрип шығылып, оныӊ қарсысына азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жаза яғный 3 жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, ҳәр айдағы мийнет ис ҳақысыныӊ 20 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда 3 жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланғанлығын айтып өтти.
Ҳәзирги күнде Пробация есабында дүзетиў ислери жазасын өтеп атырған Ю.У жазаны өтеў дәўиринде өзин жақсы тәрептен көрсеткенлигин, жумыс ҳәм жасаў орнынан жақсы пикирнама берилип мүддетинен алдын азат етиў ҳаққында илтимаснама келгенлигин есапқа алып, дүзетиў ислери жазасынан Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкар, өтелмеген 1 жыл 11 ай 27 күн мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етилди.
Көшпели суд соӊында жынаят ислери бойынша Нөкис районы судыныӊ баслығы А.Сейтанов пуқараларға жол транспорт қағыйдаларына әмел етиў кереклигин, “Жол қағыйдасы өмир пайдасы” екенлигин түсиндирип көшпели судты жуўмақлады.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды