Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында район ҳәкими орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваныӊ басламасы менен Марҳум шайыр Минайхан Жуманазарованыӊ өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған “Еслеў кешеси” болып өтти.
Кешеге М.Жуманазарованыӊ бирге ислескен дослары, шаӊарақ ағзалары ҳәм шәкиртлери қатнасты.
Минайан Жуманазарова 1957-жылы Кегейли районының «Еркиндәрья» елатында дүньяға келди. 1972 – жылдан баслап ҳәр қыйлы жанрдағы мазмунлы қосықлары баспасөз бетлеринде жарық көре баслады. 1974-жылы Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы №19 Москва атындағы орта мектепти тамамлады. 1981 – жылдан баслап журналистикаға араласты. 1987 – жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бөлимин табыслы тамамлаған. 1987 – жылы «Қус жолы» жаслар альманахында дәслепки қосықлары басылып шықты. 1991 – жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының Әдебий еситтириўлер бөлиминде редактор, «Саз-сәўбетли бағдарламалар» бас редакциясында редакция баслығы болып хызмет атқарды. 1992 – жылы туңғыш қосықлар топламы «Елим деп еңиремесең…» деген ат пенен «Қарақалпақстан» баспасынан басылып шықты. 1993 – жылы «Жүрегимде бир дәрт бар» атамасындағы қосықлар топламы басылып шықты. 1997 – жылы «Әлўидағ айтпайман муҳаббат» қосықлар топламы басылып шықты. 1999 – жылы «Қалбингизда қолгим келади» атамасындағы қосықлар топламы Ташкент қаласындағы «Чўлпон» баспасынан өзбек тилинде басылып шықты. 2003 – жылы «Еле… Мен…» таңламалы қосықлары, «Кетпек ушын келгенмен» таңламалы шығармалары «Қарақалпақстан» баспасынан басылып шықты. 2011 – жылы «Ешим ахун ҳәм оның үрим-путақлары» атамасындағы китабы баспадан шықты. 2011 – жылы «Кетпек ушын келгенмен…» атамасындағы таңламалы шығармалары басылып шықты. 2011 – жылы «Әжаға» атамасындағы (гүрриңлер, публицистика ҳәм сын мақалалар) китабы «Қарақалпақстан» баспасынан басылып шықты. 2013 – жылы «Яшин бўлмай яшай олмайман» атамасындағы қосықлар топламы Ташкент қаласындағы «Истиқлол» баспасынан өзбек тилинде басылып шықты. 2016 – жылы «Тумаристиң сөзлери» атамасындағы китабы «Қарақалпақстан» баспасынан басылып шықты.