Бүгин, Нөкис районыныӊ еӊ шетки аймағы есапланған “Кердер” аўыл пуқаралар жыйыны Қызыл үй аўылында 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми филиалыныӊ жаӊа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Шөлкемниң ашылыў салтанатына 3-сектор басшысы, Ишки ислер бөлими баслығы С.Қаллибеков, нураный Ж.Қайпов, Республикалық руўхый ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тойымбетов ҳәм аўыл турғынлары қатнасты. Бул имараттыӊ бой тиклеўине жергиликли бюджет есабынан 1млрд 587млн сўс қаржы ажыратылып, “Мурат Марс” ЖШЖ тәрепинен ўрылыс жумыслары алып барылды. 60 орынға мөлшерленген шөлкемде балалардыӊ тәлим тәрбия алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.
Қызыл үйде жаӊа бақша пайдаланыўға тапсырылды
