Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында район ҳәкими О.Уснатдиновтыӊ басшылығында мәжилис өткерилди. Мәжилиске район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Өткерилген мәжилисте пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды көрип шығыўда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер, тәртип-интизам мәселелери ҳәм абаданластырыў бойынша немқурайдылық пенен қарап атырған мәкеме басшыларыныӊ жумыслары сынға алынды.
Усы жол қойылған қәте-кемшиликлерды өз ўақтында сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.