Нөкис районында үйрениў жумыслары алып барылды. Бунда, Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев район аймағында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы Зухра Реймованы Нөкис районына жуўапкер етип бекиткен еди.
Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2022-жыл 30-сентябрь күнги 25-санлы протоколыныӊ орынланыўын қадағалаў мақсетинде “Ақтерек” мәкан пуқаралар жыйындағы 29-санлы мектептиӊ спорт залы ҳәм аймақты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын жаӊадан қурылған насос станциясыныӊ қурылыс жумыслары жуўмақланғанлығын көрди.
Буннан соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2023-жыл 01-11-санлы протоколыныӊ орынланыўы менен танысыў мақсетинде “Шаӊарақ исбилерменликти раўажландырыў” бойынша “Бақаншақлы” ҳәм “Ақмаӊғыт” ППЖ ҳәким жәрдемшилери тәрепинен шөлкемлестирилген “Моно орайы”да болды.
Соныӊ менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ 2023-жыл 14-апрель күнги 01-73-санлы протоколыныӊ орынланыўын қадағалаў мақсетинде райондағы ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын Азия раўажландырыў банки қоры есабынан, Нөкис районы аймағына жәми 153 км ишимлик суў тармақларын тартыў ҳәм 4 дана суў имәрати реконструкция жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде Азербайжан Республикасының қурылыс кәрханасы тәрепинен қурылыс жумысларын баслап атырған қурылысшылар менен сәўбетлести.