Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс сегизинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс сегизинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы О.Уснатдинов басқарып барды. Биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-апрель күнги “Социал тараў объектлериндеги ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў ҳаққында”ғы ПҚ-118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районында әмелге асырылатуғын жумыслары ҳаққында районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары С.Уразалиевтыӊ есабаты тыӊланды. Екинши мәселе Нөкис районы әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша районы Әдиллик бөлими баслығы А.Дастеновтыӊ баянаты тыӊланды. Үшинши мәселе Нөкис районында ϴзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 7-март күнги «Ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға тийисли жумысларды еледе жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәм «Ҳаяллар дәптери»ниӊ төртинши басқышында әмелге асырылған жумыслары бойынша Нөкис районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваныӊ баянаты тыӊланды. Төртинши мәселе Нөкис районы бойынша мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы президенти сайлаўын өткериўши участка комиссиялары ағзаларына талабанлар қурамын 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясына усыныў ҳаққында  районы ҳәкиминиң жәмийетшилик мәселелери бойынша мәсахатшиси Б.Тилепбаевтыӊ есбаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content