медиа-тур шөлкемлестирилди

Нөкис районындағы “ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызларға берилип атырған жеӊилликлер бойынша медиа-тур шөлкемлестирилди
Нөкис районы “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны пуқарасы 1970-жыл туўылған социаллық жәрдемге мүтәж, “Ҳаяллар дәптери”ниӊ 1-топарына киритилген, шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын жеӊиллетилген кредит алып, оннан келген пайдасына үй алды қыйтақ жерине ҳәр түрли палыз егинлерин егип ҳәм жетистирилген өнимлерин сатыў арқалы хожалығына дәрамат киргизбекте.
Буннан тысқары жумыссыз болғанлығы себепли өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде “Мал дүнья” ЖШЖ ашып, балықшылық пенен шуғылланып келмекте.
сондай-ақ, Нөкис районы “Ақмаӊгыт” ППЖ пуқарасы 1988-жыл туўылған Туримбетова Хурлиман социаллық жәрдемге мүтәж, “Ҳаяллар дәптери”ниӊ 1-топарына киритилген, өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде жеӊиллетилген кредит есабынан “Сардарбек нан өнимлери” ЖШЖ ашып, нан ҳәм нан өнимлери писириў менен шуғылланып келмекте.

Skip to content