«Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны Қырантаў аўылында пуқаралары менен ушырасыў өткерилди.

Бүгин, Нөкис районы ҳәкими, 1-сектор басшысы З.Зайтов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов тәрепинен сектор аймағындағы «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны Қырантаў аўылында пуқаралары менен ушырасыў өткерилди. Көшпели қабыллаў даўамында аймақ турғынларының жеке мүрәжатлары, аймақты социаллық экономикалық раўажландырыў бойынша пикир усыныслары тыңланып, әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар белгиленип алынды. Қабыллаў даўамында келип түскен машқалалардыӊ тийислилиги бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, қадағалаўға алынды.

Skip to content