Бүгинги күнде байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тараўында тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў, телекоммуникация, почта байланысы, дәўирли баспасөз тарқатыў, телерадиоеситтириў ҳәм мобил байланыс тараўында искерлигин алып барыўшы оператор ҳәм провайдерлар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер сапасы “Ўзкомназорат” инспекциясы Карақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен қадағалаўға алынған.
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине 2024 жыл даўамында жергиликли телефон байланыс хызмети бойынша 20, интернет хызмети бойынша 322, мобил байланыс хызмети бойынша 146, почта байланыс хызмети бойынша 3, телерадиоеситтириў хызметлери бойынша 4 ҳәмде басқада мәселелер бойынша 4 жәми 499 мүрәжат келип тускен болып соннан 435 мүрәжат (87%) унамлы шешилип, қалған мүрәжет ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилди.
Мүрәжатларды орнында унамлы шешиў ҳәмде байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тараўында көрсетилип атырылған хызметлер сапасы бойынша Республикамыз аймағындағы машқалаларды шешиў мақсетинде Карақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен 2024 жыл даўамында 11 мәрте көшпели қабыллаўлар өткерилип, көшпели қабыллаўлар даўамында тутыныўшылар тәрепинен келип түскен 66 мүрәжаттен 62 мүрәжат унамлы шешилип, қалған 4 мүрәжат ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилди.
Ҳүрметли тутыныўшылар! Сизде байланыс тараўында көрсетилип атырған хызметлер бойынша машқалалар пайда болса ямаса усы тараўдағы өзлериӊизди қызықтырған мәселелер бойынша “1144” қысқа номерли исеним телефоны арқалы ямаса аймақлық бөлимниң өзине тиккелей мүрәжат етиў мүмкиншлигине ийе екениңизди билдиремиз.