Бүгин, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов қатнасында райондағы «Жаслар дәптери»не киритилген кем тәминленген жаслардыӊ жеке исбилерменлик искерлигин ҳәмде бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 4 жасқа субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди.
Атап айтқанда, “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйынынан Т.Утегенова, “Бақаншаклы” аўыл пуқаралар жыйынынан А.Жамалатдинов, “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйынынан Б.Қурбанбаева ҳәмде “Ақтерек” мәкан пуқаралар жыйынынан Н.Қурбаниязоваларға мийнет қураллары алып берилди.




