▪️ Бүгин Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында «Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти. Оған район ҳәкими З.Зайтов ҳәм сектор басшылары қатнасты. ▪️ Илажда район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме билимли, зийрек ҳәм бахытлы болып камал табыўлары ушын жаратылған имканиятлардан мақсетли пайдаланыў кереклигин атап өтти. ▪️ Тийкарынан ашық сәўбетлесиў формасында болып өткен ушырасыўда бир қатар жаслар өзлериниң пикир-усыныслары менен қатнасты. ▪️Жаслар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар сектор басшылары тәрепинен мақулланып, тийисли мәкеме, кәрхана басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
«Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы»
