Нөкис районы халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленбекте

Бүгин Қарақалпақстанның шетки аймағы Нөкис районындағы “Арбашы” жәмәәтинде Япония ҳүкимети жәрдеминде әмелге асырылған суў шығарыў станциясының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

300 шаңараққа мөлшерленген ески станция еки есе көбейген халықтың талапларын қанаатландыра алмай қалған еди. Бүгин бул машқала артта қалды.

Саатына 108 м3 қуўатлылыққа ийе жаңа насос үскени ҳәм 600 метрлик суў қубыры жәмәәттиң 3000 нан аслам халқын ҳәм 500 шаңарағын таза ишимлик суўы менен тәмийинлемекте, оның сапасы барлық санитариялық нормальарға жуўап береди.

 Арбашы халқы ушын бул тек ғана инфраструктура жойбары емес – бул жаңа турмыс сапасы ҳәм перзентлердиң саламатлығы. Таза суў ҳәр бир шаңарақ ушын арзыўдан күнделикли ҳақыйқатлыққа айланды.

Skip to content