Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетписинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде жети мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.
Биринши мәселе Нөкис районы сектор баслықларының 2023-жылдың алты айы даўамында аймақларда алып барылып атырған жумысларының есабатлары тыӊланды.
Екинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023 – жыл алты айы даўамында райондағы барлық секторлар жумыслары нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы бас қәнигеси А.Бердиевдиӊ баянаты тыӊланды.
Үшинши мәселе Нөкис районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жыл алты даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы Әдиллик бөлими баслығы ўазийпасын атқарыўшы А.Отарбаевтыӊ баянаты тыӊланды.
Төртинши мәселе Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис районы бөлими тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис районы бөлими баслығы Б.Ережеповтыӊ есабаты тыӊланды.
Бесинши мәселе Нөкис районында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2023-жыл алты айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша Нөкис районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваныӊ баянаты тыӊланды.
Алтыншы мәселе Нөкис районы медицина бирлеспеси тәрепинен 2023-жыл алты айы даўамында алып барылған жумыслары бойынша Нөкис районы медицина бирлеспеси баслығы орынбасары С.Жақсымовтыӊ есабаты тыӊланды.
Жетинши мәселе Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде район ҳәкимлигиниң аўысық жер қорындағы бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында Нөкис районы аўыл хожалығы бөлими баслығы орынбасары М.Жиемуратовтыӊ баянаты тыӊланды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.