НӨКИС РАЙОНЫНДА ПАХТА КӘРЎАНЫ БАСЛАНДЫ

Нөкис районы фермерлери атызларда жетистирилген пахта зүрәәтин сепситпей жыйнап, елимиз кырманына тапсырыўды баслады. Бүгин 2023-жыл 10-сентябрь күни Нөкис районы Шортанбай пахта қабыллаў пунктинде район ҳәкими З.Зайтов, сектор басшылары, нураныйларымыз ҳәм аўыл хожалығы хызметкерлери қатнасыўында пахта кәрўаны күтип алынды.

2023-жылдыӊ биринши пахта зүрәәти тәрезиге қойылды ҳәм алып келинген пахта район ҳәкими З.Зайтов қабыллап алды.

Буннан соң жақсы нийет пенен қырманымыз толып таса бериўин тилеп, дуўа патиялар қылынды. Оннан соӊ еӊ көп пахта тапсырған фермер хожалық баслықларына салтанатлы түрде саўғалар тапсырылды.

Skip to content